Тийкарғы мазмунға өтиў
Қарекең
Қарекең
Үлес қосыў

Тез өтиў

Руў, тулға ямаса мақала атын жазың

БетаАшық билимлер базасы

Қарақалпақ халқының тарийхы ҳәм шежиреси — бир жерде

Руўыңызды шежиреден табың, халқымыздың тарийхы, мәденияты ҳәм белгили тулғалары менен танысың.

  • Тегин ҳәм ашық
  • Төрт тилде, еки жазыўда
  • Ҳәр бир факт дерек пенен

Бүгин

Тарийхтан бир бет

Ҳәр күни басқа тулға ҳәм ўақыя.

Қалай ислейди

Аўызеки тарийхтан ашық билимге шекем

  1. Топлаймыз

    Китаплардан, архивлерден ҳәм ақсақаллардың айтыўынан мағлыўмат жыйнаймыз.

  2. Тексеремиз

    Ҳәр бир фактти дереклерге салыстырамыз ҳәм оның жағдайын белгилеймиз.

  3. Бөлисемиз

    Мағлыўматлар төрт тилде ҳәммеге тегин ҳәм ашық жарияланады.

Сораў-жуўап

Көп берилетуғын сораўлар

Жуўап таппадыңыз ба? Бизге жазың — сораўыңызға жуўап беремиз.

Мағлыўматлар қаяқтан алынады?

Илимий китаплардан, архив ҳүжжетлеринен ҳәм ақсақаллардың айтыўларынан. Ҳәр бир бетде пайдаланылған дереклер көрсетиледи.

«Тексерилмеген» белгиси нени аңлатады?

Бул мағлыўмат еле дереклерге толық салыстырылмағанын билдиреди. Тексерилгеннен кейин белги өзгертиледи.

Өз руўым ҳаққында мағлыўмат қоса аламан ба?

Аўа. «Үлес қосыў» бетиндеги форма арқалы жибериң. Иләжи болса, кимнен еситкениңизди ямаса қайсы китаптан алғаныңызды жазың.

Сайтта кирилл жазыўында оқыўға бола ма?

Аўа. Жоқарыдағы тил дизиминен «Қарақалпақша» ны сайлаң — барлық бетлер кирилл жазыўында ашылады.

Сайт тегин бе?

Аўа, сайт толық тегин ҳәм ашық. Оның мақсети — халқымыздың тарийхын келешек әўладқа сақлап қалыў.

Сайт аты қалай жазылады?

Қарекең. «ң» ҳәриби жоқ клавиатурада Қарекен деп те жазылады — екеўи де усы сайт.

Бирге дүземиз

Сиз де үлес қосың

Руўыңыз, шежиреңиз ямаса аўылыңыз тарийхы ҳаққында билсеңиз — бизге жибериң. Әсиресе ақсақаллардың айтқанларын жазып алыў жүдә әҳмийетли.

Үлес қосыў