Тийкарғы мазмунға өтиў
Қарекең
Қарекең
Үлес қосыў

Тез өтиў

Руў, тулға ямаса мақала атын жазың

Мәмлекетлик нышанлар

Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы, герби, гимни ҳәм Конституциясы.

Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы

Мәмлекетлик байрақ

Туўры мүйешли мата: аспан көк, сары ҳәм жасыл реңли үш көлденең жолақ. Сары жолақ ақ ҳәм қызыл жийеклер менен ажыратылған. Көк жолақта ақ ярым ай ҳәм бес ақ жулдыз сүўретленген.

Қабыл етилген
1992-жыл 14-декабр
Ескиз авторы
Жоллыбай Изентаев
Ени менен узынлығының қатнасы
1 : 2
Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик герби

Мәмлекетлик герб

Гербте таўлар үстинен шығып киятырған қуяш, әййемги Шылпық қаласы, Әмиўдәря ҳәм Арал теңизи сүўретленген. Оларды пахта шақалары ҳәм масақлардан өрилген гүлдәсте қоршап тур. Ортасында қанатларын жайған әпсанаўий Қумай қусы, жоқарысында сегизмүйешлик ишинде ярым ай ҳәм жулдыз, төменинде «Қарақалпақстан» жазыўы бар.

Қабыл етилген
1993-жыл 9-апрел
Ескиз авторы
Жоллыбай Изентаев

Мәмлекетлик гимн

Гимн ҳаққындағы нызам Жоқарғы Кеңестиң сессиясында қабыл етилген.

Қабыл етилген
1993-жыл 24-декабр
Сөзи
Ибрайым Юсупов
Намасы
Нажимаддин Мухаммеддинов

Гимнниң тексти

Жайхун жағасында өскен байтерек,Түби бир шақасы мың болар демек,Сен сондай саялы, қуяшлы елсең,Тынышлық ҳәм ығбал сендеги тилек.

Нақыраты

Дийхан баба нәпеси бар жеринде,Жуўсан аңқып, кийик қашар шөлинде,«Қарақалпақстан» деген атыңды,Әўладлар әдиўлер жүрек төринде.

Айдын келешекке шақырар заман,Мәртлик, мийнет, билим жеткизер оған,Халқың бар азамат, дос ҳәм меҳрибан,Еркин жайнап-жасна, мәңги бол аман.

Нақыраты

Дийхан баба нәпеси бар жеринде,Жуўсан аңқып, кийик қашар шөлинде,«Қарақалпақстан» деген атыңды,Әўладлар әдиўлер жүрек төринде.

Конституция

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы — республиканың тийкарғы нызамы. Ол мәмлекетлик дүзилисти, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының системасын белгилейди ҳәм Өзбекстан Республикасы Конституциясы көлеминде ҳәрекет етеди.

Қабыл етилген
1993-жыл 9-апрел
Дүзилиси
алғы сөз, 6 бөлим, 26 бап
Толық текстин оқыў

1-статя

Қарақалпақстан – Өзбекстан Республикасының қурамына киретуғын суверенли демократиялық республика. Мәмлекеттиң «Қарақалпақстан Республикасы» ҳәм «Қарақалпақстан» атамасы тең мәнили.

Байрақ ҳәм герб сүўретлери, гимнниң жазыўы — Ўикимедиа Цоммонс, жәмийетлик мүлк.